ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИНИҢ СОЦИАЛЛЫҚ ҚОРҒАЎ БОЙЫНША МӘСЛӘҲӘТШИСИ – СОЦИАЛЛЫҚ ҚОРҒАЎ МИЛЛИЙ АГЕНТЛИГИ ДИРЕКТОРЫНЫҢ МҮРӘЖАТЫ

Ҳүрметли кәсиплеслер! Әзиз ўатанласлар!Коррупция - мәмлекет ҳәм жәмийеттиң раўажланыўына қатаң қәўип туўдыратуғын, пуқаралардың әдилликке ҳәм мәмлекетлик институтларға болған исенимине зыян жеткеретуғын иллет болып табылады. Сонлықтан елимизде инсан қәдирин улығлаў, халыққа сапалы ҳәм мәнзилли социаллық хызметлер көрсетиў, жәрдемге мүтәж пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин исенимли қорғаў менен бир қатарда, коррупцияға қарсы гүресиў мәселесине де айрықша итибар қаратылмақта. Бүгинги күнде Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен системада ашық-айдынлықты тәмийинлеў, бюрократиялық тосқынлықларды азайтыў, инсан факторын қысқартыў ҳәм коррупциялық қәўип-қәтерлердиң алдын алыўға қаратылған заманагөй механизмлер избе-из енгизилмекте. Әсиресе, социаллық хызметлерди санластырыў, пуқаралардың мүрәжатларын жедел көрип шығыў, мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда теңлик ҳәм әдиллик принциплерин тәмийинлеў тийкарғы ўазыйпаларымыздан бири болып есапланады. Бирақ ашық тән алыўымыз керек - системада коррупция, дәмегөйлик, мәплер соқлығысыўы, бюрократия ҳәм хызмет ўәкилликлеринен надурыс пайдаланыў сыяқлы унамсыз жағдайлар елеге шекем ушырасып атыр. Бундай жағдайларға бийпәрўа қараў - тек ғана мәмлекет мәплерине емес, ал социаллық қорғаўға мүтәж инсанлардың нызамлы ҳуқықлары менен мәплерине де зыян жеткереди. Сол себепли коррупцияға қарсы гүресиўди тек ғана жуўапкер хызметкерлердиң емес, ал ҳәрбиримиздиң пуқаралық миннети ҳәм ҳүжданый жуўапкершилигимиз, деп билиўимиз керек. Системадағы ҳәр қандай кемшиликти жасырыў емес, оны өз ўақтында анықлаў, себеплерин сапластырыў ҳәм қайталаныўына жол қоймаў - улыўма ўазыйпамыз болып есапланады. Ҳүрметли ўатанласлар! Егер Сиз Агентлик орайлық аппараты, аймақлық басқармалары, системаға кириўши шөлкем ҳәм мәкемелер хызметкерлериниң коррупциялық ҳәрекетлерине гүўа болсаңыз, дәмегөйлик, мәплердиң соқлығысыўы ямаса нызамшылыққа қайшы басқа да жағдайлар ҳаққында мағлыўматқа ийе болсаңыз, бул ҳаққында тийисли тәртипте мүрәжат етиўиңизди сорайман. Сизиң мүрәжатыңыз, пикир ҳәм усынысларыңыз системадағы машқалаларды анықлаў, оларға шешим табыў және халыққа көрсетилип атырған социаллық хызметлердиң сапасын буннан былай да арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе. Мақсетимиз - ашық-айдын, әдалатлы ҳәм инсан мәплерине хызмет ететуғын социаллық қорғаў системасын жаратыў! Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўде қатнасыў ҳәрбиримиздиң пуқаралық миннетимиз болып есапланады. Мансурбек Оллоёров, Өзбекстан Республикасы Президентиниң социаллық қорғаў бойынша мәсләҳәтшиси - Социаллық қорғаў миллий агентлиги директоры