Бос жумыс орынлары

Социаллық қорғаў миллий агентлиги өзиниң аймақлық бөлимлеринде бос жумыс орынлары ушын ашық таңлаў жәриялайды. Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы аймақлық басқармаларында мәмлекетлик хызметкерлердиң бос жумыс орынларының бирден-бир ашық порталы “vacancy.argos.uz”да социаллық хызметлер көрсетиў мониторинги секторлары бас қәнигелериниң бос лаўазымларына таңлаў жәриялайды.

Маманлық талапларына муўапықлығын үйрениў нәтийжелерине бола, талабанлар сынақ процесинен өтеди. Табыслы сынақтан өткен талабанлар менен олардың қәнигелиги ҳәм кәсиплик шеберлигиниң бос лаўазымларға сәйкеслигин анықлаў мақсетинде сәўбетлесиўлер өткериледи.

Егер сиз жәмиетке үлес қоса алатуғын қәбилетли, ғайратлы, мийнет сүйгиш ҳәм интакер талабан болсаңыз, онда бизге қосылың!

Мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлери вакант лаўазымларының бирден-бир ашық порталы